Өзбекстанда қайсы шөлкем ямаса тараў ўәкиллериниң хызметинен тутыныўшылар наразы болмақта.

Тутыныўшылардың ҳүқықларын қорғаў жәмийетлери федерациясы шөлкемге келип тускен шағым хатларын таллап шықты ҳәм мүрәжатлардың санына қарап, тутыныўшылар наразы болып атырған шөлкемди анықлады.

Оған бола, ең көп наразылық 3294 мүрәжат (39,4процент) саўда тараўы бойынша билдирилген.

Электр тәмийнатына болса 1098 мүрәжат (13,1 процент) келип түскен. Газ тәмийнаты да көпшиликти қанаатландырмағанын 710 мүрәжаттың (8.5 процент) өзи айтып тур.

Кейинги орындағы 356 (4,3 процент) мүрәжатта коммунал хызметлерине туўра келмекте.

Бул тараўлар арасында тезликти арттырыўды турақлы түрде ўәде етип киятырған Интернетте бар.

Интернет хызмети бойынша Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў федерациясына 255 мүрәжат (3.0 процент) келип түскен.

Денсаўлықты сақлаў бойынша мүрәжатлардың салмағы да сезилерли болып, олар 633, яғный 7.6 процентти қурайды.

 

ӨзА