«Кафил шоу» ойнап, «Tracker» автомобилин утып алған пуқара машинаны алалмағаннан кейин Президент порталына мүрәжат етиўге мәжбүр болды.

Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясының мағлыўматларына қарағанда, утыслы ойынларда қатнасып, утысын алалмаған пуқараға жәрдем берилди.

Пуқара Ш.Аброров усы жылдың 23-июль сәнесинде «Маҳалла» телеканалында қамсызландырыў компаниясының «Кафил шоу» көрсетиўинде қатнасып, «Tracker» автомашинасын утып алса да, компания сыйлықты бериўге асықпай атырғанынан наразы болған.

Пуқараның наразылық мүрәжаты Өзбекстан Республикасы Президентиниң исеним телефоны арқалы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў федерациясына жиберилген.

Федерация мүражатты «Кафил суғурта» компаниясына барып үйренген ҳәм пуқараға «Tracker» автомашинасы тез арада алып берилген. Федерацияның ўәкиллери әне сондай жағдайларда пуқараларға өз ҳуқықларын қорғаўға шақырмақта.

 

ӨзА