Күни кеше Ташкент қаласында жайласқан Халықаралық Шахмат академиясының имаратында Өзбекстан Шахмат федерациясы, Халықаралық Шахмат академиясы ҳәм «Орайлық Шахмат клубы» бирликте дәстүрий «Ташкент гүзи» ашық шахмат турнирине старт берди.

Шахмат федерациясының бизге берген мағлыўматларына қарағанда, турнирде, барлық аймақлардан, жәми 200 ге шамалас шахматшы қатнаспақта. Жарыс 9 турдан ибарат болып, 9 күн даўам етеди.

Жарыс соңында қатнасыўшылардың рейтинг баҳалары есапланып, жеңимпазларға ақшалай сыйлықлар берилиўи күтилмекте.

Қатнасыўшылар «А» ҳәм «Б» топарларына бөлинген. «Б» топарында 2006-жылы туўылған ямаса оннан киши жастағы жас өспиримлер қатнасса, «А» топарында рейтинг баллар алыў имканияты бар шахматшылар қатнаспақта ҳәм онда жас шегарасы белгиленбеген.

«А» топарындағылар ушын ҳәр бир партия жуўмағына шекем 90 минут ўақыт бериледи ҳәм ҳәр бир жүриске 30 секунд қосылады. «Б» топарына болса партия соңына шекем 90 минут бериледи, бирақ ҳәр бир жүрис ушын айрықша ўақыт қосылмайды.

Жеңимпазлар 23-октябрь күни Халықаралық Шахмат академиясында сыйлықланыўы белгиленген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.