Әмиўдәрья районы ҳәр жылдағыдай, быйыл да алдыңғылар қатарында мәмлекетке пахта сатыў бойынша шәрнама режесин артығы менен орынлап, мәмлекет қырманына 32 мың 250 тоннадан аслам пахта тапсырды.

Район ҳәкимлиги тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда, райондағы быйылғы пахта жыйын-терим жумыслары ушын 360 терим отряды шөлкемлестирилди. Мәўсим даўамында фермер хожалықларының 7 мың 600 ден аслам жумысшылары, 14 мыңға шамалас кеўилли түрде келген көмекшилер пахта өниминиң жыйын-теримине өз үлесин қосқан.

Теримшилер ушын ыссы аўқат ҳәм басқа да шараятлар жаратылып, олардың мәдений дем алыўы ушын концерт бағдарламалары қойылып, терген пахталары ушын ақшалары өз ўақтында, пахта атызының басында берип барылған.

– Ерте бәҳәрде 366 фермер хожалығы тәрепинен 15 мың 250 гектар майданға «С-47-27», «Султан» ҳәм жаңа «Бухара-102» сортлы шигит егилген еди. Дийқанларымыз тәрепинен өз ўақтында әмелге асырылған агротехникалық илажлар нәтийжесинде пахта нәллери тегис өнип шықты,-дейди район ҳәкими С.Йулдашев. – Вегетациялық дәўирде барлық агротехникалық илажлар, пахта араларына ислеў бериў, жабайы шөплерден тазалаў, суўғарыў, азықландырыў, дефолиация жумыслары сапалы ҳәм өз ўақтында әмелге асырылды.

Бул жумысларға жәми 73 миллиард сумға жақын жеңиллетилген кредитлер ажыратылды. Барлық зәрүр ресурслар өз ўақтында жеткерип берилип, жумысшылардың мийнет ҳақылары өз ўақтында төлеп барылды.

Сондай-ақ, ҳәр қыйлы жарыслар шөлкемлестирилип, алдыңғы теримшилердиң турақлы түрде хошаметленип барылғаны да, олардың пахта териўге болған қызығыўшылығын арттырып барды, деп ойлайман. Оларға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен «Ең алдыңғы теримши шаңарақ» таңлаўының шөлкемлестирилгенлиги де оларды жоқары шеклерге руўхландырды.

Районның пахта атызларында еле зүрәәт мол. Елимиз қырманы ушын пахта жыйын-терими жумыслары даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.