10-октябрь күни Нобель ҳәптелигиниң төртинши күнинде Швед академиясы ағзаларынан ибарат сыйлық комитети әдебият тараўындағы лауреатларды жәриялады.
2018-жылы белгили себеплерге бола әдебият бойынша сыйлықтың ийеси анықланбай қалған еди. Соның ушын Стокгольмде бүгин еки Нобельшиниң аты белгили болды.
Олардың бириншиси 2018-жыл есабынан «Шегараларды кесип өтиў процессин турмыс формаларының бири сыпатында энциклопедиялық умтылыс пенен сәўлелендирилгенлиги ушын» тәрийпи менен жазыўшы Ольга Токарчук болса, екиншиси усы жылдың есабынан «Лингвистикалық ойлап табыўшылық пенен инсан болмысының шегаралары ҳәм өзине тән өзгешеликлерин изертлегени ушын» тәрийпи менен австриялы жазыўшы Петер Хандке болды.
Ольга Токарчук 1962-жылда Сулехов қаласында оқытыўшылар шаңарағында туўылған, ҳәзирги ўақытта Верославта жасайды. Әкеси мектеп китапханашысы болған. Ол әкеси ислеген китапханада барлық китапларды имканияты ҳәм ўақты болғанынша оқып шыққан ҳәм сол китапханада оның әдебиятқа болған қызығыўшылығы қәлиплескен. Ольга 1993-жылда фантастикалық жазыўшы сыпатында әдебият майданындағы өзиниң биринши «Китап – адамлардың саяхаты» атлы шығармасын жазған. Жазыўшыны танытқан шығармасы 1996-жылы жазылған болып ол «Алғашқы заман ҳәм басқа ўақытлар» (Prawiyek i inne czasy) деп аталған.
Токарчуктың ҳәзирги күндеги ең белгили шығармасы «Иаков китаплары» деп аталған тарийхый романы болып, ол 2014-жылда Шығыс Европада үлкен абырайға ийе болған.
Австриялы жазыўшы Петер Хандке 1942-жылда Австрияның қубласындағы Гриффен аўылында туўылған. Оның биринши шығармасы 1966-жылы баспадан шыққан «Diye Hornissen» атлы роман болған. Хандке Екинши жер жүзилик урыстан кейинги дәўирде Европа әдебиятының ең көрнекли ўәкиллеринен есапланады. Өткен елиў жылға шамалас ўақыт аралығында оның оғада көп жанрларды өз ишине алатуғын шығармалары пүткил Европа әдебиятына күшли тәсир көрсеткен. Оның эсселери ҳәм сценарийлери өз мәмлекетинде оғада белгили болған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги