Россияның Дербент қаласында стоматологты өлтириўде гүманланып атырған ер адам қолға алынды. Бул ҳаққында Белтаға РФның Дағыстан бойынша Тергеў комитети хабар берди, деп жазады xs.uz  сайты.

Ҳәдийсе 2-октябрь күни шамалап саат азанғы алтыларда жүз берген. Еркек адам тиси қатты аўырып атырғаны себепли, жас шыпакерден жәрдем сорап келеди.

Шыпакер болса қабыллаў саат сегизде басланыўы ҳәм сол ўақытқа шекем күтип турыўды усыныс етеди. Аўырыў соншелли күшли болғаны ушын пациент оған жуўап тәризинде пышағын алып, стоматологқа атланады.

Алынған жарақатлардың ақыбетинде тис шыпакери өмирден көз жумған. Пациент болса ўақыя орнынан жасырынған. Пүткил қала бойлап тарқалған фоторобот арқалы бул ер адам қысқа ўақыт ишинде усланған. Бул ис бойынша тергеўшилер жумыс алып барып атыр.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги