Ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери 5 мың 63 автотранспорт басқарыўшысын ҳәрекет ўақтында темеки шеккенлиги ушын жәриймаға тартты.
Ишки ислер министрлиги қәўипсизлик басқармасы ҳәм жандарм сәркардалығына қараслы шөлкемлер тәрепинен Түркияда мәмлекет бойлап бир ўақытта «Транспорт қуралын темекисиз басқарыў» илажы өткерилди, деп хабар береди «togri.uz» сайты.
Жуўапкер шөлкемлер тәрепинен полиция күшлери жәрдеминде әмелге асырылған илажда темеки шеккен транспорт басқарыўшыларына 153 мың түрк лирасы муғдарында жәрийма тайынланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги