20-сентябрьден баслап пүткил дүнья жүзинде iPhoneʼның жаңа модельлери сатыўға шықты. Олардың презентациясы Appl3 тәрепинен 10-сентябрь күни болып өткен еди. Репост дәреги Өзбекстанда iPhone 11 Pro  ҳәм 11 Pro Max маркаларының баҳасын анықлады – деп жазады xs.uz  сайты.

Сатыўшылар ҳәм дилерлердиң тән алыўынша, iPhone 11  мәмлекетимиз қарыйдарлары арасында үлкен абырайға ериспеди ҳәм саўда орынларында оғада аз ушыраспақта.

Бул модельдиң тийкарғы өзине тәнлиги – арқа панельдеги үш камерасы бар екенлиги болып есапланады. Олардың ҳәммеси 12 мегапиксельли болып, бирақ линзалары ҳәр қыйлы (кең, оғада кең ҳәм телефото). Ҳәр бир объектив өзиниң апертурасы ҳәм фокус аралығына ийе. Pro Max болса 6,5, Pro болса 5,8 дюйм диагоналлы экранға ийе.

iPhone 11 батареясы iPhone Xsʼ ға салыстырғанда төрт саат, Xs Maxʼдан бес саат көп ислейди.

iPhone 11 Pro ҳәм 11 Pro Maxʼ ға А13 Bionic процессоры қойылған. Ол секундына миллиард әмелиятты атқарады. Алдынғы әўладқа салыстырғанда тезлиги 15-40 процент арттырылып, энергияның жумсалыўы 20-30 процент азайған.

АҚШта iPhone 11 Pro – 999, iPhone 11 Pro Max болса 1099 доллардан сатылып атыр.

Қарақалпақстан хабар агентлиги