Өзбекстан футбол ассоциациясы ҳәм Өзбекстан миллий сайланды командасының бас тренери Эктор Купер арасындағы шәртнама өз ара келисим тийкарында бийкар етилди. Бул ҳаққында ассоциация рәсмий сайтында хабар берилди.

2018-жылдың август айында Өзбекстан миллий сайланды командасын басқарыў ушын келген аргентиналы қәниге сайланды командаға 1 жылдан көбирек мүддет даўамында басшылық етти.

Эктор Купер менен 2018-жылдың 1-августынан 2021-жылдың 30-ноябрине шекем, ЖЧ-2022 сайлап алыў циклы ушын шәртнамаға қол қойылған еди ҳәм егер сайланды команда Катарда болып өтетуғын мундиалға жоллама алса шәртнама турнир жуўмақланғанға шекем узайтылыўы нәзерде тутылған еди.

Өткен дәўир даўамында Купер Өзбекстан сайланды командасын 17 ойында басқарған болса, бул ойынларда сайланды команда 7 ойында жеңиске ерисип, 4 ойында қарсыласлары менен теңдей нәтийжеге еристи ҳәм 6 ойында жеңилиске ушырады.

«Дарё» басылымының мәлим етиўинше, Купер менен дүзилген шәртнамаға муўапық, егер ол жумыстан босатылған болса 7 миллион евро компенсация алыўы керек. ӨФА болса тек ғана 5 миллион евро бериўге разы екенлигин атап өткен. Мәлим болыўынша, аргентиналы қәнигениң жыллық мийнет ҳақысы 2 миллион евроны қураған.

Мағлыўматларға қарағанда, сайланды команда бас тренерлиги ушын еки талабан көрип шығылмақта: 2017-жылдан берли «Пахтакор»да ислеп атырған Шота Арвеладзе ҳәм ҳәзирги ўақытта «Бунёдкор»ды басқарып киятырған Вадим Абрамов.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.