O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кегейли районлық Кеңеси «Ҳаял-қызлар» қанаты басламасы менен волейбол бойынша «Жасыл майданның мәлийкалары» жарысы болып өтти.

«Жанажан Өзбекстаным, мәңги бол аман!» сүрени астында Муғаллимлер ҳәм устазлар күнине бағышланып өткерилген жарысқа районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы мектеплерден сегиз команда қатнасты.

Қызықлы өткен жарыс жуўмағында 9-санлы улыўма билим бериў мектеби командасы биринши, 14-санлы улыўма билим бериў мектеби командасы екинши,  46-санлы улыўма билим бериў мектеби командасы үшинши орынларды ийеледи.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом және естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.