Усы жыл 20-30-сентябрь күнлери, пайтахтымыз Ташкентте Орайлық Азия Шахмат фестивалы болып өтеди. Онда Орайлық Азияның, соның ишинде, Тәжикстан, Қырғызстан, Түркменстан, Қазақстан, Аўғанстан ҳәм Өзбекстаннан ең күшли шахматшылары арасында жарыс режелестирилген. Түркменстанның сайланды командасы кеше пайтахтқа жетип келди, Тәжикстан, Қырғызстан, Түркменстан, Қазақстан, Аўғанстанның сайланды командалары бүгин келиўи күтилмекте.

Өзбекстан Шахмат федерациясы баспасөз хызметиниң хабарына бола, сыйлықлаў қоры 12.000 Евро болған бул жарыс, шахматшылар ушын рейтингли екени менен әҳмийетли. Ул балалар арасында чемпионлықты қолға киргизетуғын жеңимпазға 3000 евро, қызлар арасында абсолют чемпионға болса 1500 евро ақшалай сыйлық белгиленген. 200 ге шамалас шахматшылар қатнасатуғын фестивальда стандарт ҳәм рапид бағдарлары бойынша шахматшылар өз-ара беллеседи.

ФИДЕ, РосАТОМ ҳәм Өзбекстан Шахмат федерациясы менен бирге өткерилип атырған бул жарыста 20 жасқа шекем болған, 1800 (ул балалар ушын), 1600 (қыз балалар ушын) рейтинг баллынан аз топламаған шахматшылар қатнасыў ушын арза бериўи мүмкин.

9 турдан ибарат беллесиўлерде ҳәр қатнасыўшыға, партияның ақырына шекем 90 минут ўақыт бериледи.

Толығырақ мағлыўматты Өзбекстан Шахмат федерациясының рәсмий сайты www.uzchess.uz нан алыўыңыз мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги