Британия Ҳүкимети 2020-жылдан баслап, университтети тамамлаған сырт ел студентлерине 2 жыл елде қалыўға және жумыс ислеўге рухсат береди. Солай етип Премьер министр Борис Джонсон экс-ишки ислер министри Тереза Мэй енгизген иммиграция менен гүресиў усылларын тоқтатты, деп мәлим етпекте ВВС.
Университетти тамамлап, диплом алған сырт ел студентлери бурын Британияда 2 жыл қалып, жумыс ислей алатуғын еди. 2012-жылдан баслап Тереза Мэйдиң шешими менен бул норма 4 айға шекленди. 2012-жыл премьер-министр Дэвид Кэмерон жылына Британияға келетуғын жүз мың адамның санын он мыңға азайтыўды ўәде етип, Ишки ислер министри Тереза Мэй миграцияны әмелиятқа енгизиўге өтти. Деген менен, көп ўақыт өтпей ел Ҳүкиметиниң бул сиясаты әмелге аспады. Британия Европа Аўқамының қурамында болғаны себепли, аўқамның ҳәр қандай пуқарасы емин-еркин кирип-шығыў ҳуқықына ийе. 2012-жылдың басында ғана азайған миграция, кейин ала бирден өсип, жылына келетуғын адамлардың саны 260 мыңға артты. Июль айында Борис Джонсон премьер-министр лаўазымына кирискеннен кейин, режени өзгертти. Турақлы жасаў ямаса мийнет етиў визасы Европа Аўқамынан Британияға шығып кетсе де, аўқам еллерине бирдей берилетуғын болды. Ҳәзирги ўақытта Британияда 460 мың сырт елден келген студент оқыйды, олар жылына 20 миллиард фунтқа шекем пайда келтиреди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги