«Барселона»ның спорт директоры Хавьер Бордас клуб және Неймар темасына қайтатуғыны ҳаққында хабар берди, деп жазады uza.uz сайты.
-Биз Неймардың артқа қайтыўы ушын барлық исти әмелге асырамыз. Ол – «Барселона»ның кейинги трансфер айнасындағы тийкарғы мақсети болады,-дейди Х.Бордас.
Мағлыўмат ушын айтып өтиў керек, каталониялылар бразилиялы футбол жулдызын усы жылдың жазғы трансферлер дәўиринде сатып алмақшы еди, бирақ «ПСЖ» менен келисимге ерисе алмады.
Қарақалпақтсан хабар агентлиги