Ҳиндстанның Дели қаласында 20 жасқа шекемги болған шахматшылар арасында Батыс Азия чемпионаты болып өтпекте. Жарыс қатнасыўшылары арасында 11 жерлесимиз де бар.

Халықаралық Шахмат академиясы баспасөз хызметиниң берген мағлыўматына қарағанда, ФИДЕ категориясындағы спорт шебери, Халықаралық шахмат академиясының тыңлаўшысы Абдураҳмонов Муҳаммадали рапид бағдары бойынша алтын медальды қолға киргизди. Марат Жумаевтың тренерлигинде таярланған жерлесимиз 7 турлы жарыста 5,5 очко жыйнап 18 жасқа шекемги болған шахматшылар арасында жеңимпаз болды.

Жарыс 11-сентябрьге шекем даўам етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги