Ольга Забелинская велотрек бойынша Europakriterium der Bahnfahrer халықаралық жарыста үш медальды қолға киргизди. Жарыс 31-август ҳәм 1-сентябрь күнлери Берлинде болып өтти, деп жазады gazeta.uz сайты Өзбекстан Велоспорт федерациясының хабарына сүйенип.
Өзбекстанлы спортшы омниуста германиялы қарсыласлары Сток Гудругты 125 очкоға ҳәм россиялы Тамара Дронованы 117 очкоға артта қалдырып, 157 очко менен биринши орынды ийеледи. Ольга Забелинская кейрингде гүмис, медисонда бронза медалларын да қолға киргизди.
Europakriterium der Bahnfahrer – рейтинг турнири есапланады. Бул жарыстың қатнасыўшылары Токиодағы 2020-жылғы Олимпиада ушын рейтинг балларына ийе болады.
Апрельде велоспорт бойынша Азия чемпионатында Ольга Забелинская миллий сайланды команда ушын Elite Woman категориясында ең жақсы нәтийже менен еки алтын медальды қолға киргизип, Токиодағы Олимпиада ойынлары – 2020 лицензиясына ийе болды ҳәм Өзбекстанның атынан қатнасады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги