Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев 4-сентябрь күни сайлаўлар ҳаққындағы нызамшылықты жетилистириўге қаратылған нызамға қол қойды. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқықый ахборот» Телеграм-каналы хабар берди, деп жазады gazeta.uz сайты.
Нызам менен Конституция ҳәм бир қатар нызамларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.
Атап айтқанда, Конституцияға киргизилген өзгерислерге муўапық социаллық қәўпи үлкен болмаған ҳәм онша аўыр болмаған жынаяты ушын еркинен айырыў орынларында сақланып атырған судланғанларға сайлаўларда қатнасыў ҳуқықы берилди.
«Ишки ислер уйымлары ҳаққында»ғы Нызамға киргизилген өзгерислерге муўапық ендигиден былай ишки ислер уйымы хызметкерлери Нызамшылық палатасына ямаса жергиликли Кеңес депутатлығына сайлана алмайды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги