Арал теңизиниң қурыған ултанын тоғайлыққа айландырыў бойынша Әндижан мәмлекетлик тоғай хожалығында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бул ҳаққында Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитетиниң рәсмий каналы хабар берди.
Мағлыўматларға қарағанда, ҳәзирги ўақытта 1 миллион дана сексеўил нәллери жетистирилмекте.
Мағлыўмат ушын, Министрлер Кабинетиниң «Арал теңизиниң суўы қурыған аймақларында «Жасыл қапламалар» – қорғаў тоғайлықларын пайда етиўди жеделлестириў және Мойнақ қаласын көклемзарластырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының жойбары жәрияланды.
Ҳүжжет тийкарында Өзбекстан Республикасы Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Арал теңизиниң суўы қурыған ултанында «Жасыл қапламалар» – қорғаў тоғайлықларын пайда етиўди даўам еттириў ҳаққындағы усынысына келисим берилиўи мүмкин.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.