«Нөкис» еркин экономикалық зонасын шөлкемлестириў илажлары ҳаққындағы Президент Пәрманы қабыл етилди.
Пәрманға муўапық, «Нөкис-фарм» еркин экономикалық зонасы «Нөкис» еркин экономикалық зонасына айландырылды. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар берди.
Сыртқы базарлар талап күшли болған ҳәм импорт орнын басатуғын өнимлер ислеп шығарыў мақсетинде тиккелей сырт ел ҳәм жергиликли инвестицияларды тартыў «Нөкис» ЕЭЗдиң тийкарғы ўазыйпаларының бири етип белгиленди.
«Нөкис» ЕЭЗдиң жумыс алып барыў мүддети 30 жыл болып, оның аймағында айырықша салық ҳәм бажыхана тәртиплери әмел етеди.
Сондай-ақ, Пәрманға муўапық «Нөкис-фарм» ЕЭЗ қатнасыўшылары қосымша тәртип-қағыйдалардан өтпеген ҳалда «Нөкис» ЕЭЗ қатнасыўшысы статусына ийе болады ҳәм олар ушын нызамшылықта алдын нәзерде тутылған жеңилликлер ҳәм преференциялар сақлап қалынады.
Мағлыўмат ушын, Өзбекстан бойынша усы күнге шекем 20 еркин экономикалық зона жумыс алып бармақта.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.