Москвалы сүўретши Ольга Шуригина Арал теңизиниң «сағымы» (миражы)н жаратыў ушын 2 мың дана гулалшылық буйымлары – тарелкалар керек болатуғынын, ҳәзирги ўақытта жергиликли халықтан 600 дана, мине, усындай ыдысларды жыйнағанын айтпақта.
Ол интернет пайдаланыўшыларына мүрәжат етип, бул илаж арқалы Арал теңизиниң қурыған майданында әжайып көргизбе шөлкеместириў мүмкин екенлигин атап өтпекте.
– Ҳәзир Мойнақтаман, – дейди Ольга Шуригина. – Адамлар маған тарелкаларды жыйнаўда жәрдем берип атыр. Ҳәр бир ыдыс оғада әҳмийетли, себеби тарелкалардың көплиги усы жойбардың кеңирек көлемде ҳәм шырайлы болыўына өз үлесин қосады. Сол себепли, бул жойбарға итибарсыз болмаған инсанлардан жәрдем сорап мүрәжат етпектемен. Имканияты болса, жойбарымызға қатнасың, яғный гулалшылық ыдысларын жыйнаўыма жәрдем бериң. Ол қәлеген көлемде, реңде, жаңа, ески бола ма – парқы жоқ. Ең баслысы, гулаллар ислеген тарелка болса болды.
Сүўретши ыдыслардың Нөкис қаласында да жыйналып атырғанын мәлим етти.
Бул тарелкалар Мойнақта Арал теңизи ҳаққындағы естелик белгиси сыпатында қалдырылады. «The Blueprint» басылымының жазыўынша Ольга Шуригина буннан алдын да, мине, усындай өзине тән жойбарларды әмелге асырған.
Есимхан Қанаатов, ӨзА