USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Шемби, 27 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ДЕНЕТӘРБИЯ ҲӘМ СПОРТТЫ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ БОЙЫНША ҚОСЫМША ЎАЗЫЙПАЛАР БЕЛГИЛЕНДИ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 4-сентябрь күни денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыў, халықаралық жарысларға таярлықты күшейтиў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Атап өтилгениндей, кейинги жылларда бул бағдарда да оғада көп жумыслар әмелге асырылды. Тараўды басқарыўды жетилистириў мақсетинде Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги шөлкемлестирилди. 2019-2023-жылларда денетәрбия ҳәм ғалабалық спортты раўажландырыў концепциясы тастыйықланды. Халықтың физикалық жақтан таярлығын ҳәм саламатлық дәрежесин белгилейтуғын «Алпамыс» ҳәм «Баршынай» арнаўлы тестлерин өткериў системасы енгизилди.

Бес баслама және «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде спорт объектлери иске түсирилип, жаслар спортқа белсендилик пенен тартылмақта. Олимпиада ойынлары, жәҳән ҳәм Азия чемпионатларының жеңимпазы болған  204 спортшы район ҳәм қалаларға бириктирилди, айырымларының спорт мектеплери ашылды.

Елимиздиң ўәкиллери өткен жылғы Азия ойынларында 70, соның ишинде 21 алтын, 24 гүмис ҳәм 25 бронза медалын қолға киргизип, улыўма командалық есапта 5-орынды ийеледи.

Усы жылдың өткен дәўиринде болса халықаралық жарысларда жәми 442, соның ишинде, 145 алтын, 134 гүмис, 163 бронза медалы қолға киргизилди.

Мәжилисте буннан кейинги жарысларға пухта  таярлық көриў, оның ушын орынларда зәрүрли шараятларды жаратыў мәселелери додаланды.

2020-жылы Токиода болып өтетуғын жазғы Олимпиада ойынларына болған таярлықтың бүгинги жағдайы қанаатландырарсыз екенлиги, бир қатар спорт федерациялары ҳәм ҳәкимликлер жоқары нәтийжелерди тәмийинлейтуғын спортшыларға шараят жаратыўға жетерли дәрежеде итибар бермей атырғаны сынға алынды.

Миллий Олимпиада комитети, Денетәрбия ҳәм спорт министрлигине сайлап алынған спортшылардың жақын айларда өткерилетуғын халықаралық жарысларда жоқары орынды ийелеп, Олимпиадаға лицензияны қолға киргизиўи ушын және де кең шараятларды жаратыў бойынша көрсетпелер берилди.

Әлбетте, материаллық-техникалық база әҳмийетли. Бирақ нәтийжени қәбилетли спортшы тәмийинлейди. Бундай жасларды табыў ушын болса күшли селекция системасы зәрүр.

Бирақ орынларда шөлкемлестирилип атырған жарыслардың саны ҳәм дәрежеси ҳәзирше талапқа жуўап бермейди. Мәселен, Әндижан, Бухара, Наўайы, Наманган, Ташкент, Хорезм, Ферғана ҳәм Қашқдәрья ўәлаятларындағы 131 қала ҳәм районларда быйылғы жарысларды қаржыландырыўға жергиликли бюджеттен қаржы ажыратылмаған. Ямаса республика көлеминде өткерилген 230 жарыста айырым қала ҳәм ўәлаяттың командалары улыўма қатнаспаған. Бул миллий сайланды командалардың қурамына қәбилетли спортшыларды сайлап алыўға унамсыз тәсир көрсетпекте.

Сол себепли мәжилисте аймақлардағы ҳәр бир спорт комплексин хатлаўдан өткерип, спорт резервин қәлиплестириў, селекция ҳәм талантлы спортшыларды таңлап алыў системасын жолға қойыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Бизге белгили, спортшылардың тез тикленип алыўы ушын фармакологиялық жәрдем керек. Бирақ елимизде спорт фармакологиясы бойынша раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбесин үйрениў, жаңа дәри қуралларын жаратыў бойынша илимий-изертлеўлер алып барылмаған. Бул тараўда маман қәнигелер де жоқ. Көпшилик атлетлер допинг болмаған қандай элементлерден пайдаланыў керек екенлигин де билмейди.

Спорт федерацияларының бирде-биреўинде сайланды команда ағзаларының жарысқа таярлығын ҳәм қайта тиклениў процесин мониторинг етиў бойынша комплексли лаборатория жоқ. Усылардан келип шығып, тийисли министрилклерге спорт фармакологиясын раўажландырыў, спорт федерацияларында илимий-комплексли лабораторияларды шөлкемлестириў бойынша қарар жойбарын ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Сырт мәмлекетлердиң тәжирийбеси тийкарында Олимпиада ойынларына таярлық көриў бойынша бирден-бир орайды қурыў усынысы алға қойылды.

Денетәрбия ҳәм спорт бойынша қәнигелерди илимий-методикалық жақтан тәмийинлеў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў орайы және Республикалық спорт медициналық орайының жумысын жетилистириў, бул бағдардағы оқыў бағдарламаларын ҳәм методологиясын жаңалаў, спортшылардың таярлық процесине инновациялық технологияларды енгизиў бойынша тапсырмалар берилди.

Видеоселектор мәжилисинде халықты, әсиресе, жасларды ғалабалық спортқа кеңнен тартыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Бунда, бәринен бурын, улыўма билим бериў мектеплериндеги шараят, үлкен орын ийелейди. Бирақ мектеплерде оқыўшылар жәмәәтлик спорт ойынларына толық тартылмай атыр. 2 мыңнан аслам мектепте спорт залы жоқ, 3 мыңнан асламы болса қайта оңлаўға мүтәж.

Спортқа қәнигелестирилген мектеп-интернатларда да кемшиликлер бар. Мәселен, Тайлоқ, Шарап Рашидов, Бухара, Учқўрғон, Денов районлары, Наманган, Қаршы, Әндижан қалаларындағы сондай мектелерде спорт залы, жатақхана, оқыў имаратлары жетиспейди.

Балалар ҳәм жас өспиримлер, Олимпиада резервлери ҳәм жоқары спорт шеберлик мектеплери тренерлериниң айлық мийнет ҳақысы улыўма билим бериў мектеплериниң денетәрбиясы муғәллимлерине салыстырғанда дерлик еки есеге төмен. Өз гезегинде, тренерлердиң 51 проценти орта арнаўлы мағлыўматқа ийе, 2 мыңнан аслам жоқары мағлыўматлы тренерлерге талап бар.

Жоқары билимлендириў мәкемелериндеги спорт объектлери студентлердиң дерлик 50 процентин қамтып алыў имканиятына ийе болса да, әмелде  21 процент студент-жаслар спорт илажларына қатнаспақта.

Улыўма алғанда, мәмлекетимиз бойынша 12 мыңнан аслам спорт объекти  болып, олардың бир күнлик қуўатлылығы дерлик 1,5 миллион адамды қурайды. Яғный, халыққа салыстырғанда спорт объектлери менен тәмийинлениў дәрежеси 4,5 проценттен аспайды. Атап айтқанда, бул көрсеткиш Самарқанд ўәалятында 3,4 процент, Сурхандәрья ўәлаятында 3,5 процент, Әндижан ўәлаятында 3,7 процентти қурайды.

Бундай жағдайда спортты қалай ғалаба ен жайдырыў мүмкин, деп сораў берди Президент.

Мәжилисте усы сыяқлы машқалаларды басқышпа-басқыш сапластырыў, оның ушын зәрүрли қаржы ҳәм ресурсларды бағдарлаў мәселелери додаланды.

Улыўма билим бериў мәкемелеринде спорт объектлерин қурыў ҳәм оңлаў, оларды заманагөй спорт әсбап-үскенелери менен тәмийинлеў, қәнигелестирилген мектеп-интернатлардың материаллық-техникалық баазасын беккемлеў илажлары белгиленди.

Мектеп оқыўшылары арасында спорт жарысларын ҳәм денетәрбиясы сабағынан олимпиада шөлкемлестирип, оларда жеңимпаз болғанларды жоқары билимлендириў мәкемелерине квотадан тысқары жеңиллик пенен қабыл етиў және оларға спорт категориясын бериў мәселеси көрип шығылды. Сондай-ақ, бундай жасларды таярлаған денетәрбия муғәллимлериниң мийнет ҳақысына қосымша үстеме, жоқары категория ҳәм атақлар бериў усыныс етилди.

Тараў ушын кадрлар таярлаўды кеңейтиў, интенсив қәнигелигин арттырыў платформасын жолға қойыў, тренерлерге талап жоқары болған бағдарлар бойынша арнаўлы сыртқы бөлимлерди шөлкемлестириў бойынша усыныслар берилди.

Жоқары билимлендириў мәкемелерин имканияты ҳәм өзгешелигинен келип шыққан ҳалда, белгили бир спорт түрлерине қәнигелестириў керек екенлиги көрсетип өтилди. Бул студентлердиң бос ўақытларын мазмунлы өткериў менен бирге, спорт федерациялары менен бирге ислесиў арқалы профессионал спортқа қәбилетли жасларды сайлап алыў имканиятын береди.

Жуўапкерлерге жоқары билилмендириў мәкемелери ҳәм район (қала)ларды анық спорт түрлерине қәнигелестириў, жоқары спорт нәтийжелерине ерискен жасларды ҳәм денетәрбия муғәллимлерин хошаметлеў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша тараў жуўапкерлери ҳәм ҳәкимлер мәлимлеме берди.

ӨзА