Усы жыл 4-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы М.Ерниязов Хожели районындағы 1-санлы «Меҳрибанлық үйи»нде болып, тәрбияланыўшылары және устаз-педагогларды елимиз ғәрезсизлигиниң 28 жыллық байрамы ҳәм жаңа оқыў жылының басланыўы менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, елимиздиң барлық улыўма билим бериў мектеплеринде жаңа оқыў жылы «Жанажан Өзбекстаным, мәңги бол аман!» сүрени астында «Ғәрезсизлик сабағы» менен басланды. Бүгинги күни республикамызда 725 улыўма билим бериў мектеби болып, жаңа оқыў жылы алдынан Инвестициялық бағдарлама тийкарында 7 улыўма билим бериў мектеби жаңадан қурылған болса, 8 мектепте реконструкциялаў ҳәм 4 мектеп капитал оңлаў жумыслары алып барылды. Бул жумысларға 45,1 миллиард сум қаржы ажыратылды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 20-февральдағы «Абат аўыл» бағдарламасын 2019-жылда әмелге асырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққындағы қарарын орынлаў бойынша республикамызда 36 улыўма билим бериў мектебинде 53,4 миллиард сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылып, бүгинги күнге пайдаланыўға тапсырылды. 2019-2020-оқыў жылында 1-классқа қабыл етилген 35718 оқыўшыға 12 атамадағы «Президент саўғасы» жеткерилип берилди.
Соңғы жыллары «Меҳрибанлық үйи» тәрбияланыўшыларына барлық шараятлар жаратылып берилмекте. Усының нәтийжесинде быйылғы жылы 6 тәрбияланыўшы жоқары оқыў орнына, 13 тәрбияланыўшы академиялық лицейлерге оқыўға кириўге миясар болды.
Илаж соңында республикамыздың басшысы «Меҳрибанлық үйи» жәмәәтине Президентимиздиң саўғасы-Газель автомашинасын, сондай-ақ, биринши классқа қәдем атқан оқыўшыларға «Президент саўғасы»н салтанатлы жағдайда тапсырды.
Байрам кешеси «Меҳрибанлық үйи»ниң «Таң ғумшалары» ансамбли ҳәм «Қарс» топарының концерт бағдараламасы менен жуўмақланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.