Усы жыл 4-сентябрь күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма жетинши сессиясы болып өтти. Видеоселектор тәризинде өткен илажға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм республика ҳүкиметиниң ағзалары, министрликлер менен ведомстволардың, мәкеме ҳәм кәрханалардың, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, қала ҳәм районларда жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, секторлардың ҳәм кәрхана, мәкемелердиң басшылары, исбилерменлер қатнасты.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов кирис сөз бенен ашты ҳәм алып барды.
Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.
Атап өтилгениндей, өткен үш жыл даўамында Президентимиздиң басшылығында елимиздиң ишки ҳәм сыртқы сиясатында, экономика тараўларында, халықтың жасаў шараятларында бир қатар өзгерислер менен жаңаланыўлар жүз бермекте. Әлбетте, дәўир талабынан келип шығып қабыл етилип атырған Президент пәрманлары менен қарарлары, ҳүкимет қарарлары турмысымызда айрықша орын тутпақта.
Соңғы жыллары елимиз басшысының республикамызда алты мәрте болып, усы тийкарда қабыл етилген протоколлық шешимлер, Бағдарламалар менен «Жол карта»лары үлкен өзгерислер менен жаңаланыўларға тийкар болмақта.
Усы жылдың 20-21-август күнлери Президентимиздиң республикамызға сапары, сондай-ақ, Нөкис қаласында халқымыз бенен болған ушырасыўы үлкен тарийхый ўақыяларды өзинде жәмлеўи менен бирге, раўажланыўымыздың жаңа басқышын белгилеп бермекте. Болып өткен ушырасыўларда Президентимиздиң «Адамлар ертең емес, ал, бүгин жақсы жасаўы керек»,- деген мазмунлы пикири халқымызда келешекке исеним ҳәм күш-қуўат бағышламақта.
Соны да айрықша атап өтиў керек, елимиздиң басшысы республикамызды буннан былай да раўажландырыўда әҳмийетли болған бес тийкарғы ўазыйпаны белгилеп берди. Атап айтқанда, инвестицияларды кеңнен тартқан ҳалда санаатты жедел раўажландырыў, экспорт ҳәм импорт орнын басатуғын өнимлер ислеп шығаратуғын кәрханаларды көбейтиў, киши бизнес және жеке исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, сол арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, аўыл хожалығына заманагөй технологияларды кеңнен енгизиў ҳәм өнимлерди қайта ислеп шығарыўды көбейтиў илажлары белгилеп алынбақта. Буннан тысқары, заманагөй инженерлик-коммуникация, жол-транспорты, социаллық инфраструктураны жаратыў, усы арқалы халыққа, соның менен бирге исбилерменлик субъектлерине қолайлы шараят жаратыў, Аралбойы халқының жасаў шараятларын жақсылаў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Усылар менен бир қатарда, 2019-2020-жылларда жәми 14 триллион 684 миллиард сумлық 697 жойбарды әмелге асырыў, усының есабынан 14 мыңға шамалас жумыс орнын жаратыў нәзерде тутылмақта. Халқымыздың турмыс дәрежесин жақсылаў мақсетинде «Қыпшақ» посёлкасы жанынан Әмиўдәрьяға автомобиль және темир жол көпирин қурыў, Нөкис-Ақтаў жөнелиси бойынша автобус ҳәм темир жол қатнаўын жолға қойыў, «Нөкис-Қоңырат-Даўыт ата» автомобиль жолының 240 километрлик бөлегин реконструкциялаў, Қараөзек және Тахтакөпир районларында «Абат орай» бағдарламасын иске асырыў режелестирилмекте.
Қараөзек районындағы Тебинбулақ кәни негизинде кән-металлургия компексин қурыў жойбары басланбақта. Германияның маман қәнигелериниң қатнасында заманагөй технологиялар тийкарында нәсилшилик ҳәм шарўашылық кластерин ашыў, «Междуречье» суў сақлағышында жылына 20 мың тонна балық жетистириў, ноябрь ҳәм февраль айларында Арал теңизиниң қурыған ултанында 700 мың гектарға сексеўил егиў ўазыйпалары белгилеп алынды. Усылар менен бир қатарда, Траст қорының қаржылары есабынан Мойнақ районында Корея технологиялары тийкарында көп тармақлы медициналық клиника қурыў, усы районда 100 орынға мөлшерленген емлеў-реаблитация орайын пайдаланыўға тапсырыў, Мойнақ, Елликқала ҳәм басқа да районларда жаңа туризм жөнелислерин ашыў, Нөкис қаласында «Нөкис сити» жойбары бойынша келеси жылы 16-20 қабатлы турақ жай қурыў реже қылынбақта.
Елимизде соңғы жыллары исбилерменликти раўажландырыў ға айрықша итибар қаратылмақта. Буның айқын мысалы ретинде, соңғы үш жыл ишинде экономиканы раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың дәраматларын арттырыў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти қоллап-қуўатлаў мақсетинде елиўге шамалас Пәрман және қарарлар қабыл етилди. Исбилерменлердиң машқалаларын шешиўде мәмлекетлик хызметлер агентлиги орайларының шөлкемлестирилгенлиги, Бизнес-Омбудсман бөлимлериниң жумыс баслағаны, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң қабыллаўханаларының ашылғанлығы айрықша әҳмийетке ийе болды. Усындай қолайлы шараятлар жаратылыўы нәтийжесинде быйылғы жылдың өзинде 2755 исбилерменлик субъекти жаңадан ашылып, олардың саны 14598 ге жетти. Исбилерменлердиң халықтың бәнтлигин тәмийинлеўдеги үлеси 75 процентти, аймақлық жалпы ишки өнимдеги үлеси 50 процентти, хызметлер көрсетиў, саўда, қурылыс ҳәм басқа да тараўлардағы үлеси 50-60 процентти қурамақта.
Деген менен, айрым қала ҳәм районларымызда санаат өнимлерин ислеп шығарыўдағы үлеси оғада төмен болып, исбилерменлик субъектлериниң ҳәрекетсиз қалыўына жол қойылмақта. Сондай-ақ, жер участкаларын «Жер-электрон» системасы арқалы сатыўда кемшиликлерге жол қойылып, аймақлық бағдарламаға кирген айырым жойбарлар елеге шекем иске түсирилмеген. Исбилерменлерден келип түскен мүрәжатлардың шешимине жетерли итибар қаратылмай атырғанлығы сынға алынды.
Усы жылдың 23-июль ҳәм 2–август күнлери Президентимиздиң басшылығында болып өткен видеоселектор мәжилислеринде киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыўда ушырасып атырған маашқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў ўазыйпасы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты менен Нызамшылық палатасына жүкленген еди.
Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының комитет баслығы Б.Матмуратов республикамызда киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, жол қойылып атырған айырым кемшиликлерге тоқтап өтти.
Бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары А.Тажетдинов баянат жасады. Күн тәртибиндеги усы мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етилди.
Сессияда Бозатаў районын шөлкемлестириў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Президентимиздиң республикамызға жақында болған сапары даўамында айрықша итибар қаратылған мәселелерден бири-бул барлық районлардың тараўларға бөлиниўи, әсиресе, шарўашылыққа қәнигелестириллген Бозатаў районын шөлкемлестириў мәселеси болды. Өткен қысқа ўақыт ишинде районды қайта шөлкемлестириў, жергиликли халықтың жасаў шараятларын жақсылаў, аймақтың инфрастурасын қайта тиклеў, шарўашылықты раўажландырыў, исбилерменликти кеңнен ен жайдырыў бойынша жумыслар баслап жиберилди. Районды шөлкемлестириў бойынша Президентимиздиң қоллап-қуўатлаўы тийкарында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты менен Нызамшылық палатасының келисими алынды.
Районды қайта шөлкемлестириў бойынша алда турған ўазыйпалар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары А.Тажетдинов баянат жасады. Бул бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл етти.
Сессияда сондай-ақ, «Сайлаў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы С.Турманов баянат жасады. Бул мәселе бойынша 31-санлы «Орта қала» сайлаў округинен депутат М.Ахмедова шығып сөйледи ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.
Күн тәртибиндеги «Өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы З.Зиядуллаев баянат жасады. Бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң баслығы Т.Хожаназаров шығып сөйледи. Депутатлар бул мәселе бойынша да тийисли қарар қабыл етти.
Сессияда Жоқарғы Кеңес Президиумы тәрепинен сессиялар аралығында қабыл етилген тийисли қарарларды тастыйықлаў ҳаққында қарар қабыл етилди.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма жетинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
Сессияның жумысына Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери Н.Исмоилов қатнасты ҳәм шығып сөйледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.