Алдын көпшилик веб-сайтлар ҳәм социаллық тармақларда хабар берилгениндей, Қашқадәрья ўәлаяты Китап районынан 14 жасқа толған Жасурбек Ғуломов студент болыў нийетинде Қаршы мәмлекетлик университетиниң қабыллаў комиссиясына ҳүжжет тапсырғаны, ол Өзбекстандағы ең жас абитуриент болғаны ҳаққында хабар берилген еди.
Университет баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, ол барлық тест сынақларынан табыслы өтип, мәмлекетлик грант тийкарында биология билимлендириў бағдарының студентине айланған.
Бүгин ол группаласлары менен бирге «Ғәрезсизлик сабақлары»на қатнасқан.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.