Бүгин, 4-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы М.Т.Ерниязов Хожели районында жайласқан 1-санлы Меҳрийбанлық үйине барып, усы дәргайда тәлим-тәрбия алып атырған оқыўшылар ҳәм муғаллимлер менен ушырасты. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги баспасөз хызметине тийкарланып ҚР Министрлер Кеңеси мәлимлеме хызмети хабар берди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы жыйналғанларды жаңа оқыў жылының басланыўы менен қутлықлап, Президент саўғасы – «Газель» автомобилин ҳәм мектеп қуралларын салтанатлы түрде тапсырды.