Бразилиялы футболшы Неймар «ПСЖ»дан «Барселонаға» қайтыўға жақын турыпты, деп жазады Каталонияның ең үлкен RAC1 радиосының хабарына сүйенип kun.uz сайты.

Деректиң хабарына бола, тәреплер арасындағы сөйлесиўлерде сезилерли дәрежеде алға илгерилеў болған, бирақ еле толық келисим болмаған.

Каталония клубы ықласбентлердиң талабын қанаатландырыў ушын «Неймар» жазыўы түсирилген футболкаларға алдыннан буйыртпа берген.

Футболшы да ықласбентлери ушын видеомүрәжат таярлаған бирақ, бул мүрәжат келисим дүзилгеннен соң жәрияланады.

Сондай-ақ, Испанияның және бир клубы «Реал» ҳәм Туринниң «Ювентус» клубы да Неймарға қызығыўшылық билдирмекте.

«Реал» клубы да «ПСЖ» менен сөйлесиўлер алып бармақта. Бирақ парижлилер де, футболшының өзи де трансфер жаз ақырына шекем әмелге асыўын қәлейди, бирақ футболшыны жибериў ушын «ПСЖ» клубы жетерли дәрежедеги усынысты күтеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги