Усы жылдың 23-24-август күнлери Өзбекстан Туризмди раўажландырыў комитети қәўендерлигинде Мойнақта екинши мәрте «Стихия» электрон музыкалар фестивалы болып өтеди.

Фестиваль 23-август күни саат 18:00 де басланыўы жобаластырылған болып, онда Өзбекстаннан Denis, Temperatura, Kebato, Уллы Британиядан Alien Rain, АҚШтан Jamaica Suk, Украинадан Yan Cook сыяқлы диджейлердың шығыўы күтилмекте.

Фестиваль шеңберинде художниклердиң шеберлик сабақлары, халық әмелий өнери үлгилери менен танысыў, ҳаўа шарында ушыў, балықшылық санаатын тамашалаў, музейге саяхат сыяқлы илажлар өткерилиўи белгиленген.

Фестивальдың екинши күни 24-август күни саат 18:00 де Өзбекстаннан Shilo, Hellyphat, Wulva, Швециядан Acronym, Даниядан Mama Snake, Япониядан Sodeyama сыяқлы диджейлердиң шығыўлары менен даўам етеди.

Фестивальға қатнасыў бийпул болып, сиз бул жерде электрон музыкаларды тыңлап, ойнап, дем алыўыңыз мүмкин болады.

Еслетип өтемиз, «Стихия» электрон музыкалар фестивалы өткен жылы 14-сентябрь күни Мойнақ районында биринши мәрте өткерилип, оған республикамыздың барлық аймақларынан, қоңсылас еллер, сондай-ақ, АҚШ, Франция, Германия, Россия, Израиль, Туркия, Қытай сыяқлы мәмлекетлерден саяхатшылар, «National Geographic», «Calvert», «Mixmag Russia», «Первый канал (Россия)» сыяқлы ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, блогерлер қатнасқан еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.