И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи ҳаққында еситпегенлер болмаса керек. Бул музейге 1966-жылы тийкар салынған, деп жазбақта Xabar.uz басылымы.
Музей директоры Гүлбәҳәр Изентаеваның мәлим етиўинше, музей фондындағы дөретпелердиң тек ғана еки ярым проценти экспозицияға қойылған. Яғный, музей фонды оғада бай ҳәм рәнбе-рәң. Бул жерде 90 мыңнан аслам экспонатлар бар.
Өткен жылдың алты айына салыстырғанда усы жылдың биринши ярымында музейге сырт елли саяхатшылардың келиўи 40 процентке артты. Ең көп саяхатшылар Европадан, әсиресе, Италиядан көп келмекте. Жергиликли саяхатшылардың келиўи болса 90 процентке артқан.
Директордың айтыўынша, экспонатлар экспозициясы ушын қосымша имаратлар қурыў бойынша усыныслар берилген.
Аўдарма: Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.