Өзбекстан Орайлық банки 2019-жылдың 16-августынан сырт ел валюталарының сумға салыстырғандағы қунын белгиледи.
Оған бола, 1 АҚШ доллары 9061.00 сум етип белгиленди. Бул болса доллар курсының ҳәптениң басына салыстырғанда 179.00 сумға артқанлығын көрсетеди.
Евро курсы болса 10-августтағы көрсеткишке салыстырғанда (163.84) өсип, 10092.14 сум етип белгиленди. Сондай-ақ, Россия рублинде де көтерилиў бақланып (+2.09) 138.47 сумды қурады.
Орайлық банк бул валюталарды усы баҳада сатыў ямаса сатып алыў миннетлемесин алмаған.
ӨзА