Байрамлардың алдында қәўипсизликти тәмийнлеў ушын шегараларды жабыў, әсиресе, пайтахтқа келиўшилер ушын шеклеў орнатыў сыяқлы илажлар қолланып келинген. Бул қаншелли дурыс ҳәм бул әмелият ҳәзир де бар ма?

Бул сораўға жуўап табыў және халқымыздың ең уллы байрамы Ғәрезсизлик байрамында тынышлықты тәмийинлеў бағдарында исленип атырған жумыслар ҳаққында ӨзАның хабаршысы Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары Муҳиддин Жўраев пенен сәўбетлести.

-Ҳақыйқатында да тек ғана байрамларда емес, басқа ўақытларда да сақлық илажлары керегинен артық күшейтип келинген. Бул бир қарағанда қабыққа оралыў, басқаша айтқанда, кесе астына жасырынып алыўға да уқсайды. Өкинишлиси, бул әмелият дурыс болмағанлығын еркинлестириў сиясаты айқын көрсетеди. Жақын қоңсылар менен бирге ислесиў қатнасықларының күшейтилгени, жаўып қойылған шегара постларының ашылып, пуқаралар, исбилерменлердиң биймәлел өтип-қайтыўының жолға қойылғаны тек ғана туризмде емес, ал социаллық-экономикалық раўажланыўда да әҳмийетли орын ийелемекте.

Бир ғана қоңсы мәмлекетлер менен арқайын барды-келди қылып атырғанымыздың нәтийжесинде елимизге кирип келиўшилердиң саны күнине еки мыңға шамалас адамды қурамақта. Олардың тийкарғы бөлеги туристлер болып, олар тәрепинен қопал түрде нызамбузыўшылыққа жол қойыў кейинги бир ярым жылда жүз бермеди. Тийкарынан, қоңсы Тәжикстан Республикасы менен, әне, усындай еркин барды-келдиниң жолға қойылғанында көпшилик қәўип пайда болатуғынынан қорқыўға түскени сыр емес. Бирақ сырттан кирип киятырған шахслардың арасында Өзбекстанға жаман нийетте келген ямаса террористлик қәўип туўдырыўшы бирде-бир шахс анықланбады.

Байрам алдында пайтахтқа кирип келиўшилерге шеклеў орнатыў әмелиятының бар екенлиги де ҳақыйқат еди. Бирақ бул ўатанласларымызға оғада көп қолайсызлықлар туўдырып келген. Өйткени мәмлекетимиздиң тек ғана сиясий емес, ал социаллық-экономикалық орайы болған Ташкент қаласы менен аймақлардағы халықты байланыстырып турған қатнасықлар оғада көп қырлы, әлбетте.

Усыларды есапқа алып ҳәзирги күнде бундай әмелиятқа да пүткиллей шек қойылған. Быйыл Ғәрезсизлигимиздиң 28 жыллығы алдынан да, байрам күнлери де пайтахтқа келиўшилерге ҳеш қандай шеклеў болмайды.

Бизиң мақсетимиз тек ғана байрам күнлеринде сергекликти ҳәм  қырағылықты ҳәр ўақыттағыдан гөре арттырыў. Өйткени халқымыздың сүйикли байрамы тыныш ҳәм парахатшылықта өтиўи ушын жуўапкер екенбиз, бул жолда түнди таңға жалғастырып хызметте боламыз.

Байрам күнлеринде ишки ислер системасындағы хызметлер тәрепинен тийкарынан қандай илажлар әмелге асырылады? «Тазалаў», «Паспорт-виза» илажлары өткериле ме? Бул ҳаққында сәўбеттиң толық текстинде танысасыз.

Сайтымызды бақлап барың!

Норгул Абдураймова,ӨзА