14-августтан баслап жабық имаратларда, соның ишинде, кафе ҳәм ресторанларда темеки шегиўди қадаған ететуғын нызам күшке кирди. Черногория Парламенти бул нызамды 31-июльде мәмлекетте шегиўшиликтиң себебинен рак кеселлигиниң көбейип кеткенлиги себепли қабыл етти, деп хабар бермекте uza.uz  сайты.

Ҳүжжетке бола Черногорияда жәмийетлик орынларда шеккенлер 20 мың евро жәрийма төлейди. Денсаўлықты сақлаў министриниң берген мағлыўматына бола, мәмлекетте ҳәр жылы 400 адам өкпе рагине шалынады ҳәм бир наўқасты емлеў болса 70 мың евроға түседи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги