Елимизде фитосанитариялық жағдайды жақсылаў, өсимликлер карантини тараўында инновациялық бағдарламаларды әмелге асырыў бағдарында Президентимиздиң 2018-жыл 28-марттағы «Өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик хызмет көрсетиўдиң нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарары үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Усы қарарға бола, елимизде биринши мәрте ҳәр бир районда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында  «Өсимликлер клиникалары» шөлкемлестирилди. Бүгинги күнде усындай клиникалар республикамыздың Нөкис қаласында ҳәм 14 районында  жумыс алып бармақта. Бул клиникалар өсимликлерге биологиялық энтомофаглар ҳәм химиялық препаратлар тийкарында хызмет көрсетип келмекте.

– Тараўдың раўажланыўы ушын жаратылып атырған имканиятлар ҳәм жеңилликлер халыққа хызмет көрсетиўде бир қанша қолайлықларды жаратпақта, – дейди Хожели районлық «Өсимликлер клиникасы» баслығы З.Сапарбаев. – Әсиресе, клиникалардың 2018-жылдың 1-июль сәнесинен 2022-жылдың 1-январь күнине шекем жер, юридикалық шахслардың дәрамат ҳәм мүлк салықларынан, жеке салық төлемлерин төлеўден азат етилгени жумысымыздың тез пәтлер менен раўажланыўын тәмийинлемекте. Бүгинги күнде аймағымыздағы дийқан-фермерлер ҳәм қыйтақ жер ийелериниң мүрәжатлары тийкарында «қаўын шыбыны», «помидор күйеси», «шырынжа» зыянкеслерине қарсы гүресиў жумысларын әмелге асырып атырмыз. Бул илажларда агротехникалық, механикалық, химиялық усыллардан пайдаланамыз. Бул усылларды да өз ўақтында, зәрүр шараятларда қолланыў керек. Яғный ҳәр бир гүресиў усылының өзине тән абзаллықлары ҳәм кемшиликлери болып, оларды белгиленген жағдайда қолланыў мүмкин. Мәсәлен, өсимликлерди зыянкеслерден қорғаўда агротехникалық усыл ең тийкарғысы болып, оның жәрдеминде зыянкеслердиң көбейиўиниң алдын алыў, айырым жағдайларда болса, пүткиллей қырып таслаў мүмкин.

Бундай агротехникалық усылларға жерди қайта ислеў, алмаслап егиў, төгин бериў, суўғарыў жумыслары киреди. Бул жумыслар өз ўақтында сапалы орынланса, химиялық препаратлардан азлаў пайдаланылады.

Бүгинги күнде хызметимизден кеўли толып атырған пуқаралар өзлери келип, өнимлерин ҳәр қыйлы зыянкеслерден сақлаў мақсетинде бизге мүрәжат етпекте.

Ҳәр бир дийқан мийнетиниң арқасында сапалы ҳәм зыянланбаған өним жетистириўди нийет етеди. Бул ушын «өсимликлер клиникасы» жәрдем береди. Яғный бул клиникалар зыянкеслердиң кирип келиўине қарсы гүресип, сапалы өним алыў ушын хызмет көрсетеди. Бир сөз бенен айтқанда, «өсимликлер клиникасы» өсимликлерге «тез жәрдем» көрсетеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.