Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң жаслар менен ислесиў бөлими тәрепинен жаслар ушын «ҚҚавтотеххызмет» кәрханасына саяхат шөлкемлестирилди.

Илаж усы кәрхана жанындағы төменги буўынның жумысы менен жақыннан танысыў, жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, партияға жасларды тартыў, оларды кәсип-өнерге ҳәм исбилерменликке үйретиў, елимизде автомобиль санаатын раўажландырыў бағдарындағы илажлар, ислеп шығарылып атырған автомобильлер, олардың сапасы бойынша жасларға кеңирек түсиник бериў мақсетинде өткерилди.

– Кәрханамыз тийкарынан дилер сыпатында халыққа хызмет көрсетеди, – дейди усы кәрхананың бас менеджери А.Муратбаев. – Бүгинги күнде тийкарынан елимизде соңғы жылларда ислеп шығарылып атырған автомобильлерге хызмет көрсетпектемиз.

Саяхат даўамында жаслар кәрхананың жумысы, машиналарды оңлаў ислери менен жақыннан танысты.

Буннан соң усы кәрхана жанында жумыс ислеп атырған 15 ағзаны өз ишине қамтып алған төменги буўынға гүўалық тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.