Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналында мәлим етилиўинше, 2014-жылы «Мәлимлемелестириў ҳаққында»ғы нызамға киргизилген өзгерислерге муўапық, (бул талаплар блогерлерге де тийисли) веб-сайт ҳәм (ямаса) веб-сайттың бетинен төмендеги мақсетлерде пайдаланылыўына жол қойылмаўы шәрт:

 

– әмелдеги конституциялық дүзимди, аймақлық пүтинликти зорлық пенен өзгертиўге шақырыў;

– урыс, зорлық ҳәм терроризмди, сондай-ақ, диний экстремизм, сепаратизм ҳәм фундаментализм идеяларын үгит-нәсиятлаў;

– мәмлекетлик сыр есапланған мағлыўматларды ямаса нызам менен қорғалатуғын басқа сырды әшкаралаў;

– миллий, расалық, этникалық ямаса диний келиспеўшилик пайда етиўши, сондай-ақ, пуқаралардың абыройы ҳәм қәдир-қымбатына ямаса жумыстағы абыройына зыян жеткериўши, олардың жеке өмирине араласыўға жол қоятуғын мәлимлемени тарқатыў;

– нәшебентлик, психотроп затлар ҳәм прекурсорларды үгит-нәсиятлаў;

– порнографияны үгит-нәсиятлаў;

– нызамға муўапық жынайы ҳәм басқа жуўапкершиликке себепши болатуғын басқа ҳәрекетлерди әмелге асырыў.

 

Хабарда жазылыўынша, постлар астындағы комментарийлерде жоқарыда атап өтилген мәлимлемелер болған пикирлер, шақырықлар болса, нызам талабына муўапық, блогерлер усындай комментарийлерди өшириўи керек болады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.