Алдын хабар бергенимиздей, 2019-2020-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынларының бакалавриатура бағдарларына қабыллаў ушын усы жылдың 29-июль күнинен баслап тест сынақлары басланған еди.

Тест сынақлары 14-август күни өз жуўмағына жетти.

Мәмлекетлик тест орайының берген мағлыўматына қарағанда, Қарақалпақстан Республикасында тестке 52 292 абитуриент қатнасыўы белгиленген еди. Соннан 51 442 абитуриент тест сынақларына қатнасты, 837 абитуриент ҳәр қыйлы себеплерге байланыслы тестке келмеди. 8 абитуриент белгиленген тәртип-қағыйдаларды бузғаны ушын тест өткерилетуғын аймаққа кириў ўақтында, 5 абитуриент тест сынақлары ўақтында тест сынақларынан шетлетилген.

Еслетип өтемиз, быйылғы жылы Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынларына тест сынақлары Нөкис қаласындағы еки орында – Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектеби ҳәм Нөкис қәнигелестирилген олимпия резервлери мектеп-интернатының кең сыйымлылыққа ийе спорт залларында өткерилди.

Мағлыўмат ушын, өткен жылы Қарақалпақстанда тест сынақлары 11-август күни жуўмақланған еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.