Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жеке меншик мүлкти қорғаныў ҳәм мүлк ийелери ҳуқықларының кепилликлерин күшейтиў, исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумысларды шөлкемлестириў системасын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша қосымша илажлар, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлериниң финанслық ресурслар ҳәм өндирис инфраструктурасынан пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди.

Усы пәрманға байланыслы:

– исбилерменлик субъектлерин өзлериниң тийкарғы жумысы менен байланыслы болмаған ислерге, соның ишинде, қәўендерлик ҳәм қайырқомлық жәрдем көрсетиў жумысларына, аймақларды абаданластырыў, көклемзарластырыў жумысларын алып барыў, темир-терсек ҳәм макулатура жыйнаў және басқа да жумысларға мәжбүрий тартыў;

– исбилерменлик субъектлерин ҳәр қандай түрде аўыл хожалығындағы мәўсимлик жумысларға (егиў ҳәм жыйнап алыў жумысларына) ҳәм мийнет ресурслары, ақша қаржыларын және басқа да материаллық байлықларды бағдарлаўға байланыслы басқа илажларға тартыў;

– исбилерменлик субъектлериниң қатнасыўында мәжбүрий тәртипте, соның ишинде, оларға ҳәкимшилик ҳәм басқа да илажларды қолланыў қәўпи астында мәжилислер ҳәм ҳәр қыйлы илажларды өткериў қадаған етилетуғыны белгиленди.

ӨзА