USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сəршемби, 8 Май

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӨЗБЕКСТАН ПРЕЗИДЕНТИ АЗИЯ ИНФРАСТРУКТУРАЛЫҚ ИНВЕСТИЦИЯЛАР БАНКИ ДЕЛЕГАЦИЯСЫН ҚАБЫЛ ЕТТИ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 13-август күни Азия инфраструктуралық инвестициялар банкиниң президенти Цзинь Лицюнь басшылығындағы делегацияны қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы мийманларды қызғын қутлықлап, Өзбекстан ҳәм АИИБ арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиў раўажланып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Банк елимизде әмелге асырылып атырған структуралық реформаларды жедел қоллап-қуўатламақта. Бүгинги күнде Бухара ўәлаятында суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў системаларын раўажландырыў, автомобиль жолларын реконструкциялаў бойынша улыўма баҳасы 1,3 миллиард доллардан аслам болған дәслепки инвестициялық жойбарларды таярлаў жумыслары жуўмақланбақта.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм басқа да аймақларда социаллық, комуналлық ҳәм транспорт инфраструктурасын модернизациялаў, санаат кәрханалары ҳәм киши инфраструктуралық жойбарларды қаржыландырыў, сондай-ақ, регионаллық саўданы раўажландырыў бойынша улыўма баҳасы 1,6 миллиард доллардан аслам перспективалы жойбарлар ислеп шығылмақта.

Әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм Азия инфраструктуралық инвестициялар банкиниң финанслық ресурларын тартқан ҳалда жаңа бағдарламаларды алға қойыў мәселелерине бағышланған бүгинги дөгерек сәўбети табыслы болғаны айрықша атап өтилди.

Нәтийжели бирге ислесиў бойынша орта мүддетли перспективаға мөлшерленген «жол картасын» ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў, сондай-ақ, шериклик потенциалын әмелге асырыўға қаратылған еки тәреплеме илажлар өткериў ҳаққында келисимге ерисилди.

АИИБ президенти мәмлекетимиз басшысына қызғын қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирди ҳәм елимизде тийкарғы жойбарларды әмелге асырыўды жеделлестириў жолында анық илажлар көриў усынысларын толық қоллап-қуўатлады.

Цзинь Лицюнь мәмлекетимиз ҳәм пүткил Орайлық Азия регионының турақлы раўажланыўын тәмийинлеў мақсетинде банктиң Өзбекстан менен кең көлемли бирге ислесиўди беккемлеў бағдарындағы умтылысы исенимли екенин атап өтти.

1цу.jpg

2.jpg

ӨзА