Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлиги директоры Комил Алламжонов Инстаграмдағы өз бетинде рәсмий баянат жасады. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.

Баянатта билдирилиўинше, соңғы ўақытлары социаллық тармақларда қандай жаңалық пайда болмасын оның астына ҳәр қыйлы пикир-таласлар, қатнаслар, пикирлер жазылады. Бул пуқаралардың белсендилигиниң артып атырғанын көрсетеди.

«Бирақ, өкинишлиси, олардың арасында соңғы ўақытлары кемситиўши сөзлер, дөҳметли гәплер, сөгис сөзлер, абыройын төгиўге қаратылған пикирлер кескин көбейип бармақта. Бундай комментарийлер, өз гезегинде, ҳәр бир пуқараға унамсыз тәсир көрсетип, өтирик мағлыўматлардың қәлиплесиўи, адамларымыз арасында ҳәр қыйлы мыш-мышлардың пайда болыўына алып келмекте. Ең жаманы булардың көпшилиги бир топар троллар ямаса фейк, яғный жалған аккаунтлар тәрепинен шөлкемлестирилмекте. Булардың артында не мақсет бар екенлиги, бул топарлар кимлерге тийисли екени сораў пайда етеди.

Өкинишли тәрепи, бул машқала тек ғана Өзбекстан емес, ал дүнья мәмлекетлериниң бас аўырыўына айланған. Сизге жақсы мәлим, ҳәр қыйлы ғалабалық тәртипсизликлердиң барлығы усы ресурслар жәрдеминде әмелге асырылады. Жақын қоңсылас мәмлекетлер, улыўма дүнья жәмийетшилиги де бул машқала менен қатаң гүресип келмекте», – деп жазылған баянатта.

Атап өтилиўинше, буның бир ғана шешими бар. Бул жәмийетте нызам ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў және ҳуқықый билим ҳәм мәдениятты арттырыўдан ибарат.

Демократия ҳәм сөз еркинлиги – бул қәлеген нәрсени нызамға қайшы түрде, ҳеш қандай жуўапкершиликти сезбестен айтыў дегени емес. Сөз еркинлиги бул, ең алды менен, нызамға әмел етиў, айтылған ҳәр бир сөз ушын жуўап бере алыў жуўапкершилигин аңлатады.

«Көплеген сырт еллердиң жетекши ғалаба хабар қуралларының жумыслары үйренилгенде, усы нормаға қатаң әмел етилиўин көремиз. Ҳәр бир журналист, блогер ҒХҚ арқалы айтып атырған гәпи, берип атырған мағлыўматы ушын нызам алдында жуўапкер есапланады. Бул норма раўажланған мәмлекетлердиң нызамшылығында да, Өзбекстан Республикасының мәлимлеме тараўына байланыслы нызамларында да қатаң түрде белгилеп қойылған.

Бир сөз бенен айтқанда, буннан былай ҳәр бир ҒХҚ, блогерлер, социаллық тармақлар ҳәм мобиль мессенджерлердеги топарлар модераторлары тек ғана өзлери жазған мағлыўматларда жоқарыдағы талапқа әмел етиўи емес, ал олардың астындағы пуқаралар, фейк аккаунтлар ямаса троллар тәрепинен жазылып атырған мәмлекетлик мәлимлеме қәўипсизлигине қәўип салатуғын бузғыншы пикирлер, кемситиўши сөзлер, шынлыққа тийкарланбаған комментарийлер ушын да нызамда белгиленген тәртип тийкарында жуўапкер болатуғынын еслетип өтпекшимиз. Сизден тек ғана нызамшылықтан келип шыға отырып бундай мағлыўматларды өткерип жибермеў ямаса өз бетиңиз астына жазылған болса, оны дәрриў өширип таслаў әмелиятын жолға қойыў соралады.

Ҳүрметли кәсиплеслер, ҳәммеңизди елимизде сөз ҳәм пикир еркинлиги, нызам үстинлигин тәмийинлеў ушын мәлимлеме тараўында жүз берип атырған ҳәр қыйлы саламат емес процеслерге қарсы бирлесип ҳәрекет етиўге шақырамыз»,- деп жуўмақланған баянат.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.