Жақында Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик санитария эпидемиология бақлаў орайында AВируслы гепатит А кеселлиги бойынша профилактикалық ҳәм эпидемияға қарсы илажларды жетилистириўa атамасында брифинг өткерилди. 

Онда Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Халықтың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық белсендилигин арттырыў орайы, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў, мектепке шекемги билимлендириў министрликлери, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм аймақлық Мәмлекетлик санитария эпидемиология бақлаў орайының қәнигелери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда вируслы гепатит А кеселлиги республикамызда тарқалыў дәрежесине қарай жуқпалы кеселликлер ишинде өткир респиратор инфекцияларынан ҳәм өткир ишек инфекцияларынан соң үшинши орынды ийелеп киятырғаны атап өтилди. Кеселлик гүз-қыс айларында 14 жасқа шекемги балалар арасында көп тарқалады. Усыған бола, республикамызда Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң тапсырмасы бойынша 5-17-август күнлери «Перзентлеримизди вируслы гепатит А кеселлигинен сақлайық!» сүрени астында ғалабалық санитария ағартыў жумыслары өткерилмекте.

Вируслы гепатит кеселлиги профилактикалық шанышыў арқалы алдын алыўға болатуғын кеселликлер қатарына киреди. Өзбекстан Республикасында 2001-жылдан баслап вируслы гепатит В кеселлигине қарсы вакцинация миллий календарьға киргизилди. Нәтийжеде усы кеселлик пенен кеселлиниўшилик көрсеткиши 1990-жылларға салыстырғанда 8-10 есеге азайды. Балалар арасында да кеселлениўшилик кескин азайды. Бирақ вируслы гепатит А кеселлигине қарсы вакцина ҳәзирше миллий календарьға киргизилмеген. Республикамызда балалар арасында бул кеселлик пенен наўқасланыў көрсеткиши де жоқарылығынша қалмақта. Мағлыўматларға қарағанда, балаларды вируслы гепатит А кеселлигине қарсы шанышыў оларды 15 жылға шекем усы кеселликтен қорғаўға жәрдем береди. Соның ушын бүгинги күнде аймақлық шаңарақ поликлиникаларында, аўыллық шыпакерлик пунктлеринде шанышыў төлемли усылда әмелге асырылмақта.

Брифингте халық арасында балаларды вируслы гепатит А кеселлигине қарсы шанышыў бойынша түсиник жумысларын күшейтиў, Мәмлекетлик санитария эпидемиология бақлаў орайы ҳәм Халық билимлендириў, мектепке шекемги билимлендириў министрликлери тәрепинен өз-ара бирге ислесиўди және де тығыз әмелге асырыў кереклиги атап өтилди. Себеби, 2019-жылдың 7 айы даўамында бақланған вируслы гепатит А менен кеселлениўшилик жағдайларының 50,5 проценти шөлкемлескен топар балалары арасында дизимге алынған.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.