UMS мобиль операторы абонентлери енди халық билимлендириў системасы электрон ресурслардан мобиль интернет-трафик жумсамай пайдаланыўы мүмкин. Бул ҳаққында Халық билимлендириў министрлигиниң мәлимлеме хызмети мәлим етти.

Мәмлекетимиз халқы, соның ишинде, халық билимлендириў системасының жумысшылары, оқыўшылар ҳәм олардың ата-аналары мәлимлеме-билимлендириў ресурсларынан және де кеңлеў пайдаланыўы ушын бир қатар веб-сайтлар ҳәм веб-сервислерге мобиль қурылмалардан кириў қолайластырылды.

– UMS мобиль операторы өсип киятырған жас әўладтың нәтийжели пайдаланыўы, жаңа билимлерге ийе болыўы ушын шараят жаратыўға жәрдем бериўден мәпдар. Сол себепли де ХБМ Мәлимлеме-билимлендириў порталы ҳәм Республикалық балалар китапханасы веб-сайтының пайдаланыўшылары сайтта жайластырылған әдебият, видеоқолланбалар ҳәм ҳәр қыйлы материаллардан мобиль интернет мегабайтларын жумсамай пайдаланыўы мүмкин. Солай екен, UMS абоненти болыў тек ғана қолайлы емес, ал пайдалы да болып есапланады, – дейди UMS ЖШЖ Коммерциялық директоры Лола Филатова.

UMSтың баҳаланбайтуғын трафиги, сондай-ақ, ХБМ рәсмий веб-сайты, Мектептиң билим бериў процесин басқарыў системасы, Өзбекстан мектеплеринде қурылыс ҳәм оңлаў жумысларын онлайн-мониторинг системасы, OpenEMIS Билимлендириў мәкемесин басқарыў мәлимлеме системасына да усынылмақта.

Буннан тысқары, UMS абонентлери жаңа әўлад билимлендириў мәкемелери болған Президент мектеплериниң веб-сайты да «Kundalik» автоматластырылған мәлимлеме билимлендириў системасы ислеп шығарыўшысының глобал тармақтағы сайтына МБ жумсамастан кириў имканиятына ийе.

– Бирге ислесиў ҳәм халық билимлендириў системасын раўажландырыўға қосып атырған үлеси ушын UMS мобиль операторына миннетдаршылық билдиремиз. Биргеликте әмелге асырылған жаңа басламамыз халық билимлендириў ресурсларынан бийпул пайдаланыўға ҳәм билимди арттырыўға хызмет етеди. Халық билимлендириў министрлиги республикада жумыс алып барып атырған басқа компанияларды да билимлендириўди раўажландырыўда қатнасыўға шақырады, – деп атап өтти халық билимлендириў министриниң орынбасары Сарвар Бабаходжаев.

Мағлыўмат орнында, алдын мобиль операторы Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги системасында жумыс алып барып атырған муғаллим ҳәм жумысшылар ушын «Oʻqituvchi» атлы еки жеңиллетилген тариф режесин енгизген еди.

ӨзА