Өзбекстан Республикасы Президенти «Өзбекстан Республикасында туризм тараўын еле де раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманға қол қойды.

Ҳүжжет тийкарында Транспорт министрлиги ҳәм Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң 2019-жыл 1-октябрьден баслап Қаршы, Нөкис ҳәм Термиз халықаралық аэропортларында «бесинши ҳаўа еркинлиги»нен пайдаланған ҳалда, сондай-ақ, Бухара аэропортында сырт ел пуқараларын тасыўда «бесинши ҳаўа еркинлиги»н қоллаған ҳалда, халықаралық ҳуқық нормаларына муўапық «Ашық аспан» режимин енгизиў ҳаққындағы усынысына келисим берилди.

Транспорт министрлиги Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте еки ай ишинде «Ашық аспан» режими енгизилетуғын халықаралық аэропортлардың дизими ҳаққында сырт ел авиакомпаниялары ҳәм сырт ел авиатасыўшыларына, соның ишинде, дипломатиялық каналлар арқалы мағлыўмат бериўи керек.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.