Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлигинде Мәмлекетлик тест орайы бас басқармасының баслығы Диёрбек Қўчқоров қатнасыўында гезектеги брифинг болып өтти. Онда 10-август күни болып өткен тест сынаўларының нәтийжелери мәлим етилди. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.

Мағлыўматларға қарағанда, 12-август күни республика бойынша 43 имаратта тест сынақлары еки сменада болып өткен. Улыўма 53 мың 162 абитуриент қатнасыўы белгиленген болса, олардың 51 мың 667 си тест сынақларына келген. 1464 и болса ҳәр қыйлы себеплерге байланыслы қатнаспаған. Усы күни 11 абитуриент тест өткерилетуғын жерге кириўде, 20 сы болса имараттың ишинде қағыйданы бузғаны ушын тест сынақларынан шетлетилген.

10-август күни бакалавр билимлендириў бағдарының күндизги түри бойынша Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университетиниң филология ҳәм тиллерди оқытыў факультети абитуриенти ең жоқары балл топлаған – 231,9 балл (173,9 балл тест сынақларынан, 58 балл кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханнан топланған); сыртқы билимлендириў түри бойынша Ферғана мәмлекетлик университетиниң филология ҳәм тиллерди оқытыў бағдары – 174,2 балл, кешки билимлендириў түри бойынша Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў институтының тарийх билимлендириў бағдарында бақланған – 172,6 балл.

8-август күни Сурхандәрья ўәлаятында, 10-август күни болса Сырдәрья ҳәм Наманган ўәлаятлары және Ташкент қаласында тест сынақлары жуўмақланғаны мәлим етилди.

Диёрбек Қўчқоровтың мәлим етиўинше, ДТМ тәрепинен техникалық қәтеге жол қойылған тест сораўы ушын абитуриентке максимал балл бериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.