«Өзбекстан ҳаўа жоллары» миллий авиакомпаниясы мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 28 жыллығы мүнәсибети менен 31-августтан 3-сентябрьге шекем елимиз халқы ҳәм сырт ел туристлери ушын шегирмелер жәриялады.

Оған бола, барлық ишки жөнелистеги қатнаўларға 30 проценттен 50 процентке шекем болған байрам шегирмелери усынылды. Онда индивидуал жолаўшылар ушын – 30 процент шегирме болса, туристлик топарлар ушын 40 процент белгиленди. Онда бес ҳәм оннан артық лицей және жоқары оқыў орынлары, колледжлердиң студентлери, мектеп оқыўшылары, ИИМ, МҚХ, МСК сыяқлы системалардағы арнаўлы билимлендириў мәкемелери ҳәм басқа да уйымлардың тыңлаўшылары менен оқыўшылары есапқа алынған.

Шаңарақлық туристлерди де  есапқа алып, еки ямаса оннан көп адам, сондай-ақ, ерли-зайып, олардың 18 жасқа шекемги болған перзентлери; 18 жасқа шекемги болған перзентин бақлап баратуғын ата-аналарға 50 процент шегирмелер бериледи. Пенсионерлер ҳәм майыплар ушын да шегирмелер 50 процентти қурайды.

50 процентлик шегирмеге ийе болатуғынлар қатарына 1941-1945-жыллардағы урыс қатнасыўшылары ҳәм оларға теңлестирилген, сондай-ақ, Екинши жер жүзилик урыс дәўириндеги пидәкерлик мийнети ҳәм әскерий хызмети ушын орден ҳәм медальлар менен сыйлықланған шахслар, Чернобыль АЭС апатшылығын сапластырыўда қатнасқан пуқаралар да бар. Шегирмели авиабилетлерди «Өзбекстан ҳаўа жоллары» Миллий авиакомпаниясының авиабилетлерди сатыў орайлық офиси ҳәм Өзбекстан аэропортлары кассаларында шегирмелерди алыў ҳуқықын беретуғын, тийисли ҳүжжетлерди усынған ҳалда сатып алыў мүмкин.

ӨзА