Түркменбашы, 12-август, ӨзАның арнаўлы хабаршысы Улуғбек Асроров хабар береди.
Быйыл 11–12-август күнлери Түркменстанның Түркменбашы қаласындағы «Аваза» миллий туристлик зонасында «Каспий теңизи: халықаралық экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў нәтийжелери» темасында биринши Каспий экономикалық форумы болып өтти.
Форумда Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Арипов, Россия Федерациясы Ҳүкиметиниң Баслығы Д.Медведев, Әзербайжан Республикасының Бас министри Н.Мамедов, Иран Ислам Республикасының биринши вице-президенти И.Жаҳонгирий, Қазақстан Республикасының Бас министри А.Мамин, Болгария Республикасының Бас министри Б.Борисов басшылығындағы делегациялар қатнасты.
Форумның ашылыўында Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов шығып сөйледи.
Биринши Каспий экономикалық форумы регионда жақсы қоңсышылық байланысларын беккемлеў, саўда, транспорт, энергетика, туризм сыяқлы бағдарлардағы жойбарларды нәтийжели әмелге асырыў, экономикалық бирге ислесиўди, инновациялық жетискенликлерди ғалаба ен жайдырыўға ҳәм жаңа идеялардың алмасыўына хызмет ететуғыны атап өтилди.
Бурынннан Европа ҳәм Азия континенти мәмлекетлери арасында саўда-экономикалық, социаллық тараўларда бирге ислесиўди беккемлеўде Каспий теңизи бойлап әмелге асырылған коммерциялық жумыс әҳмийетли орын ийелеген. Бүгинги күнде Каспийбойы мәмлекетлери ҳәм оларға қоңсы мәмлекетлердиң экономикалық байланысларын беккемлеў, инвестициялық сиясатты хошаметлеў және бизнес топарлары арасында өз-ара сөйлесиўди және де жанландырыў ушын арнаўлы платформаға талап пайда болмақта. Биринши Каспий экономикалық форумы мине усындай оғада әҳмийетли басламаны әмелге асырыўдағы дәслепки кәдемлерден бири болып есапланады.
Кейинги жылларда Өзбекстан сыртқы сиясатта жақын қоңсы ҳәм бирге ислесиўши мәмлекетлер менен өз-ара исеним руўхындағы шерикликти жедел раўажландырмақта, соның ишинде, Каспийбойы мәмлекетлери менен де. Быйылғы жылдың өткен алты ай даўамында усы регион мәмлекетлери менен улыўма саўда айланысының көлеми 16 процентке артып 5,2 миллиард долларға жеткени пикиримизди дәлийллейди.
Өзбекстан Европаға тийкарынан Қазақстан, Россия ҳәм Балтықбойы портлары арқалы өним экспортын әмелге асырады. Әмиўдәрья үстинде «Туркменабат – Фароб» жөнелисиндеги автомобиль ҳәм темир жол көпири, соның менен бирге, «Түркменбаши», «Ақтаў» заманагөй портлары ҳәм «Баку – Қарс» темир жолының ашылыўы Орайлық Азия мәмлекетлеринде жүк тасыў көлемин 2018-жылда 35 процентке арттырыў имканиятын берди.
«Өзбекстан – Түркменстан – Иран – Оман» ҳәм «Өзбекстан – Қырғызстан – Қытай» транспорт-коммуникация жойбарларының иске қосылыўы болса регионлараралық транспорт коридорын раўажландырыў ушын зәрүр шараят жаратады.
Каспий регионы мәмлекетлери менен Өзбекстан арасындағы бирге ислесиў байланысларын және де беккемлеў ҳәм раўажландырыў ушын үлкен қызығыўшылық ҳәм потенциал бар екенлигин атап өтиў керек.
Халықаралық конференцияда Каспийбойы мәмлекетлери менен саўда-экономикалық, инвестициялық, мәлимлеме коммуникациялары, энергетика, транспорт, транзит тараўларында қоспа жойбарларды әмелге асырыўда бар имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў, оларды толық әмелге асырыў имканиятлары көрип шығылды.
Форум шеңберинде Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов пенен ушырасты.
Түркменстан Президенти форумда Өзбекстан делегациясының қатнасыўын жоқары баҳалады.
Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Арипов, Иран Ислам Республикасының биринши вице-президенти И.Жаҳонгириий, Россия Федерациясы Ҳүкиметиниң Баслығы Д.Медведев пенен де ушырасты.
Сөйлесиўлер ўақтында еки тәреплеме бирге ислесиў байланысларын избе-из раўажландырыў мәселелери бойынша пикир алысылды.
Делегациялардың басшылары Түркменстан Президенти менен биргеликте форум шеңберинде шөлкемлестирилген Каспий инновациялық технологиялар ҳәм «Түркменстан саҳрасы – 2019» халықаралық көргизбесине барды.
Көргизбеде 21 мәмлекеттен 50 ден аслам ири компанияның ўәкиллери қатнасты.
Өзбекстан ушын ажыратылған павильонда елимизде ислеп шығарылған жоқары технологиялар, энергетика, нефть-газ, автомобиль қурылысы сыяқлы тараўларда ерисилген инновациялық жетискенликлер көрсетилди.
Илаж қатнасыўшылары биринши Каспий экономикалық форумының регионаллық бирге ислесиўди беккемлеўдеги әҳмийетин атап өтти. Конференцияның жуўмағы бойынша ерисилген келисимлер өз-ара исеним руўхындағы шерикликти қоллап-қуўатлаў, өндирис ҳәм санааттың ҳәр қыйлы бағдарларында инновациялық қолланбаларды енгизиўде және бир унамлы қәдем сыпатында баҳаланды.
ӨзА