Түркменбашы, 12-август. ӨзА ның арнаўлы хабаршысы Улуғбек Асроров хабар береди.

Түркменбашы қаласында өтип атырған биринши Каспий экономикалық форумы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимухаммедов пенен ушырасты.

Ушырасыўда мәмлекетлеримиз арасында саўда-экономикалық, транспорт-коммуникация, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўларда бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы көрип шығылды.

Биринши Каспий экономикалық форумының мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиў байланысларын кеңейтиў, Каспийбойы мәмлекетлери менен саўда-экономикалық қатнасықларды жаңа басқышқа көтериўдеги әҳмийети бойынша пикир алысылды.

Түркменстан Президенти Өзбекстан делегациясының форумдағы қатнасыўын жоқары баҳалады.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Арипов Иран Ислам Республикасының биринши вице-президенти И.Жаҳонгирий менен де ушырасты.

Аъло Абдуллаева (фото), ӨзА