Қарақалпақстан Республикасы Қаржы министрлигиниң 2019-жыл 6-август күнги КК-11-2019-санлы декларациясына муўапық, 2019-жыл 23-август күнинен баслап «Түйемойын-Нөкис» регион аралық суў қубырынан пайдаланыў басқармасы мәмлекетлик унитар кәрханасы ишимлик суўы ҳәм ақаба суў хызметлери ушын жаңа баҳалар белгиленгенлигин мәлим етеди (қосымша қун салығысыз (ҚҚС).
2019-жыл 23-август сәнесинен баслап:
Пуқаралар ушын:
1 куб метр ишимлик суўы ушын – 1000 сум;
1 куб метр ақаба суў ушын – 830 сум.
Бюджет мәкемелери ушын:
1 куб метр ишимлик суўы ушын – 3300 сум;
1 куб метр ақаба суў ушын – 2300 сум.
Басқа кәрханалар ушын:
1 куб метр ишимлик суўы ушын – 3300 сум;
1 куб метр ақаба суў ушын – 2300 сум.
«Түйемойын-Нөкис» басқармасы пуқараларға ҳәм мәкеме, кәрхана басшыларына ишимлик суўы ҳәм ақаба суў хызметлерине болған қарызларын 2019-жылдың 23-август сәнесине шекем ҳәрекет етип турған баҳаларда, ал 2019-жыл 23-август сәнесинен баслап хызметлер ушын есап-санақлар жаңа баҳаларда жүргизилетуғынлығын ескертеди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.