Шымбай районындағы 5-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 9-класс оқыўшысы Дамир Дилмуратов 2019-жыл 1-6-август күнлери аралығында болып өткен IMC математика бойынша халықаралық конкурста топарлық мәселе шешиў бойынша бронза медалын қолға киргизди. Өткен шемби күни Д.Дилмуратов Нөкис темир жол вокзалында  салтанатлы түрде күтип алынды.

Беллесиўде дүньяның Австралия, Болгария, Италия, Қубла Корея, Вьетнам, Қытай, Сингапур сыяқлы 41 мәмлекетинен математика пәни бойынша ең билимли 500 ден аслам оқыўшылар қатнасты.

-Оқыўшым Д.Дилмуратов Қубла Африка Республикасының Дурбан қаласына барып, математика пәни бойынша халықаралық олимпиадада бронза медалын алыўға миясар болды. Оның балалығынан усы пәнге қызығыўшылығы жоқары болып, математиканың барлық сырларын үйрениўге ҳәрекет етти, – дейди Шымбай районындағы 5-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң математика пәни оқытыўшысы Н.Оразбаева. -Соның менен бирге, мектептеги математика дөгерегине қатнап, қызықлы есапларды шығарыўды унататуғын еди. Өзиниң талапшаңлығы нәтийжесинде ҳәм мектептеги муғаллимлериниң мийнетлери арқасында ол усындай нәтийжеге еристи.

– Мени усы пәнге қызықтырған, өз үстимде ислеўим ушын жалықпай мийнет еткен устазларым М.Қудайбергеновқа, Н.Оразбаеваға миннетдаршылығымды билдиремен, – дейди Д.Дилмуратов. – Келешекте Инха университетине оқыўға кирип, компьютер инжиниринг тараўының маманы болыўды нийет еткенмен.

Усы жылдың 1-6-август күнлери аралығында Қубла Африка Республикасының Дурбан қаласында өткерилген математика бойынша халықаралық конкурста Өзбекстан командасы 14 медальды қолға киргизди.

 

IMC – математика пәни бойынша ҳәр жылы өткерилетуғын халықаралық көлемдеги конкурс болып, онда дүнья жүзиндеги 40 тан аслам мәмлекеттен оқыўшылар қатнасады. Олар комбинаторика, санлар теориясы, геометрия  бойынша қурамалы ҳәм стандарт болмаған мәселелер шешип  беллести.

Быйыл өзбекстанлы оқыўшылар инидивидуальлық беллесиўде бир алтын, бир гүмис ҳәм 4 бронза медальды қолға киргизген болса, командалық есапта быйыл Өзбекстан командасы бронза медалына еристи. Өзбекстан бес жылдан берли математика бойынша халықаралық беллесиўлерге қатнасып келмекте. 2014-жылы оқыўшылар 3 алтын, 7 гүмис ҳәм 4 бронза медалын қолға киргизген.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.