Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 11-август күни Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған менен телефон арқалы сөйлести. Бул ҳаққында Президенттиң баспасөз хызмети хабар берди.

Мәмлекетимиз басшылары қутлы Қурбан ҳайыты мүнәсибети менен бир-бирин ҳәм әзелден туўысқан халықларымызды қызғын қутлықлап, ең жақсы тилеклерин билдирди.

Президентлер кейинги жылларда мәмлекетлеримиз арасындағы өз-ара ҳүрмет ҳәм исеним, дослық, стратегиялық шериклик принциплерине тийкарланған байланыслар сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда жедел раўажланып атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Сөйлесиў ўақтында быйыл 5-6-август күнлери Анкара қаласында Өзбекстан ҳәм Түркия сыртқы ислер министрлериниң басшылығында болып өткен Стратегияны режелестириў топарының биринши мәжилиси нәтийжелерин ҳәм Түркияның дүньядағы елшилериниң он биринши конференциясында Өзбекстан делегациясының ҳүрметли мийман сыпатындағы қатнасыўын жоқары баҳалады.

Президентлердиң басшылығында болып өтетуғын жоқары дәрежедеги Өзбекстан-Түркия стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң дәслепки мәжилисине ҳәр тәреплеме пуқта таярлық көриў әҳмийетли екенлиги айрықша атап өтилди.

Сөйлесиўде ҳәр қыйлы бағдарларда қол қойылған келисим ҳәм жойбарлар, ерисилген өз-ара пайдалы келисимлерди толық әмелге асырыў ҳәм байланысларды буннан былай да беккемлеў бойынша тәреплердиң умтылысы исенимли ҳәм бирдей екенлиги атап өтилди.

Дослық ҳәм ашық-айдынлық руўхта өткен сөйлесиўде халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша пикир алысылды, сондай-ақ, болажақ еки тәреплеме илажлардың режеси көрип шығылды.

ӨзА