Фото: гүзедеги жазыў (б.э.ш. V әсир)

Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институтында Орайлық Азиядағы ең ески жазыў сақланбақта. Бул жазыў б.э.ш. V әсирге тийисли, яғный 2500 жыллық тарийхқа ийе.

1976-1977-жыллары профессор М.Мамбетуллаев басшылығындағы археолог-илимпазлар топары Үлкен Айбүйир қаланы қазыў пайытында 3 үлкен гүзе таўып алады. Бул гүзелердиң суў ҳәм дән сақлаў ушын соғылғанлығы анықланады. Гүзелердиң биринде қашап жазылған жазыўлар бар екенлиги мәлим болады. Яғный, бойы 1 метр келетуғын отқа қыздырылған гүзедеги Әййемги Хорезмге тийисли бул жазыўлар Орайлық Азияда ең ески жазыў сыпатында илимге енгизилген еди.

Илимпазлар усы ўақытқа шекем Әййемги Хорезм территориясындағы ең ески жазыў сыпатында Қойқырылғанқала (Елликқала районы аймағында жайласқан)да табылған ыдыстағы жазыўды есаплап келген. Қойқырылғанқаладағы бул жазыў болса б.э.ш. III-II әсирге тийисли арамей жазыўы болып табылады. Кейин ала С.П.Толстов басшылығындағы экспедиция тәрепинен ҳәзирги Елликқала районы аймағында жайласқан, Әййемги хорезмшахлардың қаласы – Топрыраққалада да бизиң эрамыздың III-IV әсирлерине тийисли жазыўлар табылған.

Үлкен Айбүйирден табылған, Хорезм жазыўының ең әййемги нусқасы деп есапланған гүзедеги жазыўды парсы тили бойынша қәниге, пүткил дүньяға белгили лингвист илимпаз В.А.Ливщиц «mri XI h III.III. III.» деп оқыған, яғный «11 мари 9х».  Бул гүзениң сыйымлылығын билдиреди. «Mari» өлшем бирлиги Иранда әййемги ахеменийлер дәўиринен белгили болған. Әййемги дәреклер оны «maris» деп атаған. 1 мари 16,5-17 литрге туўра келген. «9х» болса 1 мариден азырақ өлшемди билдиреди. Демек, гүзениң сыйымлылығы дерлик 200 литрге шамалас.

Фото: Гүзениң реставрациядан кейинги көриниси

Гүзени тапқан илимпазлар оны реконструкция етип, ишине суў қуйып көргенде 195,5 литр суў сыйған. Солай етип, гүзе сыртындағы жазыў оның сыйымлылығы менен сәйкес келген.

Гүзе бир орыннан екинши орынға көширилген пайытта сынғанлығы себепли ҳәзирги күнде бул әжайып естелик реставрацияға зәрүр.

Фото: Гүзениң ҳәзирги ҳалаты

Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминде бундай әжайып естеликлердиң мол базасы жаратылған. Лекин, қолайлы көргизбели орын болмағанлығы себепли, көпшилик бул естеликлерди көриў имканиятына ийе емес. Қолымызда бар тарийхый ҳәм мәдений мийраслардан мақсетли пайдаланыўымыз керек, бул өз гезегинде елимизде туризмди раўажландырыўға өз үлесин қосары сөзсиз.

Алдағы ўақытлары Әййемги Хорезм цивилизациясының ошағы болған Қарақалпақстан аймағында археология музейи де бой көтерсе, үлкен саўап иске тийкар салынған болар еди.

 

Есимқан Қанаатов

Қарақалпақстан хабар агентлиги директоры

 

Телеграмдағы каналымызға ағза болыӊ