Өткен екшемби күни республикамыздың барлық қала ҳәм районларында, шетки аўылларында Мүбәрек Қурбан ҳайыты байрамы кең түрде белгиленди.

Усы мүнәсибет пенен Нөкис қаласындағы Имам ийшан Муҳаммед жомъе мешитинде, сондай-ақ, барлық 50 жомъе мешитинде ҳайыт намазлары оқылды. Онда 19 мыңнан аслам адам қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң атынан байрам менен қутлықлап, Президентимиздиң басшылығында муқаддес динимизди улығлаў, оның ағла пазыйлетлерин үгит-нәсиятлаў, халқымыздың диний билимин жетилистириў, мешит ҳәм медреселердиң, диний оқыў орынларының материаллық-техникалық базасын раўажландырыўға қаратылып атырған айрықша итибар және ғамқорлыққа тоқтап өтти

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының қазысы Ш.Баўатдинов республикамыздағы барлық мусылманларды қутлықлап, Қурбан ҳайытының әҳмийети, оны өткериў тәртиби, қағыйдалары туўралы кең түрде түсиник берди.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 2-августтағы «Қурбан ҳайытын белгилеў ҳаққында»ға қарары тийкарында республикамызда кең көлемдеги қайырқомлық илажлары өткерилди. Кем тәмийинленген, бағыўшысын жоғалтқан, майыплығы болған шахсларға. ветеранларға, сондай-ақ, «Меҳрибанлық үйи» тәрбияланыўшыларына, Мириўбет үйлерине, арнаўлы мектеп-интернатларға материаллық жәрдем көрсетилди. Илаж даўамында 218 қойымшылық, 3 муқаддес зыярат етиў орны абаданластырылды.

Президентимиздиң мүбәрек Қурбан ҳайыты  байрамы менен халқымызға жоллаған қутлықлаўында атап өтилгениндей, соңғы жыллары миллий-диний қәдириятларымызды тиклеў және раўажландырыў, исеним еркинлигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта, түрли миллет ҳәм халықлар арасында татыўлық және аўызбиршилик орталығы барған сайын раўажланып бармақта. Быйылғы жылғы байрамның бәршемиз ушын ең уллы ҳәм ең әзиз ғәрезсизлигимиздиң 28 жыллығы алдынан белгиленип атырғанлығы менен де әҳмийетли.

Ҳайыт намазынан шыққан журтласларымыз бир-бирин байрам менен қутлықлап, елимизге тынышлық, халқымызға мол ырысқы-несийбе тиледи.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.