Өзбекстан экономикасын раўажландырыўдың ҳәзирги заманагөй басқышында электр энергетикасы тараўындағы тийкарғы ўазыйпа тутыныўшылардың электр энергиясына өсип атырған талапларын қанаатландырыў әҳмийетли мәселе болып есапланады. Сол себепли елимиздеги бар электр станциялары менен  тармақларын модернизациялаў ҳәм реконструкциялаў, қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен пайдаланыўды раўажландырыў, жоқары нәтийжели энергия ислеп шығарыў технологияларына тийкарланған жаңа өндирис қуўатлылықларын қурыў, электр энергиясын есапқа алыў системасын жетилистириў ҳәм жанылғы-энергетика ресурсларын диверсификациялаў бүгинги күнниң тийкарғы ўазыйпаларынан бири болып есапланады.

Елимизде бир қатар жойбарлардың жедел пәтлерде әмелге асырылып атырғаны да усындай ийгиликли мақсетлерге қаратылғаны менен әҳмийетли.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасында қурылып атырған Тақыятас ыссылық электр станциясы да усындай жойбарлардан бири болып есапланады. Бул ири имараттың қуўатлылығы 230 ҳәм 280 МВт болған еки пуў-газ қурылмасынан ибарат болып, ол 2020-жылы иске қосылады, – деп мәлим етеди Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлигиниң баспасөз хызмети.

Жойбардың улыўма қуўатлылығы 510 МВт, улыўма баҳасы – 678,2 млн. долларды қурайды. Еки пуў-газ қурылмасының иске қосылыўы Тақыятас ЫЭСқа электр энергиясына өсип атырған талапты қанаатландырыў менен бирге бар үскенелерде жумсалып атырған жанылғыны жылына 488,6 млн. м3 жанылғы үнемлеў имканиятын береди.

Бул станцияның нәтийжелилиги 31,21 ден 49,7 процентке шекем артады, жыллық электр энергиясын ислеп шығарыў көлеми 3,6 млрд. кВт.с, жыллық ыссылық ислеп шығарыў көлеми болса 139 000 Гкал. ЫЭС иске қосылғаннан кейин, бул жерде 97 жаңа жумыс орны жаратылады.

Мағлыўмат орнында, бул жойбарды әмелиятқа енгизиў ушын бас бөлип алып ислеўши «Өзбекэнерго» АЖ ҳәм «Consortiumof Hyundai Engineering Co. Ltd.» және «Hyundai Engineering & Construction Co. Ltd» бирге ислесиўинде «таяр ҳалда тапсырыў» принципи тийкарында шартнамаға қол қойылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги